Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша республикалық жумысшы топар дүзилип, бул бағдарда орынларда көшпели қабыллаўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленген.Беруний районында Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларынан келген пуқаралар ушын республикалық сектор және министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары тәрепинен мүрәжатлер ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.
Қабыллаўда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары Ш. Полвонов ҳәм Жоқарғы судтың аппарат баслығы А. Холмахматов пуқаралардың суд системасына байланыслы мүрәжатлерин тыңлады.
Қабыллаўда 78 мүрәжат суд системасына тийисли болды. Соның 38 и жынаят, 5 и ҳәкимшилик, 30 ы пуқаралық, 5 и экономикалық судлаўға байланыслы мәселелерди қурады.
Аўыз еки ҳәм жазба түрде мүрәжатлер қабылланған көшпели қабыллаў барысында 39 мүрәжат ийесине тийкарланған ҳуқықый түсиниклер берилди.
Усы күни усыныснамалар ҳәм билдирилген өтинишлерге муўапық жазасын өтеп атырған 8 шахс жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Ал, 6 пуқараның белгиленген ҳәкимшилик жаза мүддетин азайтыў бойынша мүрәжатлери де үйренилип, унамлы шешим тапты.
Пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен 9 пуқараның алимент өндириўге байланыслы мүрәжатлери тийкарында суд буйрығы шығарылып, орынлаўға қаратылды. Сондай-ақ, 5 пуқараның мийнет ҳақысын өндириўге байланыслы мүрәжаты қанаатландырылды. Пенсия ҳәм напақа алыў, мийрас мүлкин рәсмийлестириў бағдарындағы ҳүжжетлердеги қәте-кемшиликлер себепли пенсия тайынланылмай атырған 8 пуқараның юридикалық фактти белгилеў ҳаққындағы мүрәжатлери де қанаатландырылды. Соның менен бирге, 3 исбилерменлик субъектине суд қарарлары үстинен шағым етиў тәртиби түсиндирилди.
Көшпели қабыллаўда мүрәжатлери унамлы шешимин тапқан 10 пуқара Өзбекстан Республикасы Президентине суд-ҳуқық тараўында алып барылып атырған әдил ҳәм дурыс сиясаты ушын миннетдаршылық билдирип, жазба түрде алғыснамалар усынды.
Сайт I
Telegram I
Facebook I
YouTube I
Instagram