⚡️ Сыйлықлардың улыўма қуны 40 млн сўмлық таңлаў❗️
🇺🇿 "Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы" өткериледи
📝 Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы мүнәсибети менен Әдиллик министрлиги ҳəм ТМЮУның Мақсетли капитал (Endowment fund) жəмийетлик қоры менен бирге ислесиўинде Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы өткериледи.
🔰 Нызамшылыққа көре, қарыйдарларға электр энергиясы ҳəм тəбийий газ шəртнама тийкарында олардан пайдаланыў қағыйдаларына муўапық жеткерип бериледи.
📝 Шəртнамада тəреплердиң ҳуқық ҳəм миннетлемеси, есапқа алыў əсбапларын орнатыў, электр энергиясы ҳəм тəбийий газ ушын есап-китап қылыў ҳəм басқа шəртлер келисип алынады.
⚠️ Соның менен бирге, тармақларға өз басымшалық пенен жалғаныў, есапқа алыў əсбапларына, олардың пломбаларына зыян жеткизиў ямаса есапқа алыў əсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў, урлық ямаса аз муғдарда талан -тараж қылыў ретинде баҳаланып, жуўапкершиликке себеп болыўы белгиленген.
‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...
🔰 Мийнет миграциясына шығып кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳəм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына кəсиплик аўқамлары системасындағы санаторийға ҳəм профилактикалық емлениў мəкемелерине бир мәртелик бийпул жоллама бериледи.
✅Айдаўшылардың транспорт қуралларын пиядалар тротуарларынан жүргизиўи, жолаўшыларға ылай шашыратыўы БЕМның екиден бир бөлеги муғдарында (187 мың 500 сўм) жəрийма салыўға себеп болады.
‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...